Усы жылдың 16-17-18-март күнлери республикамыз бойлап  “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – ел көрки!” сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилди.

Илаждан гөзленген мақсет, Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип түрде күтип алыў, пуқаралар жыйынлары, елатлы пунктлер, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларын абаданластырыў, “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги көклемзарластырыў илажларын даўам етиў, саламат турмыс тәризи ҳәм санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Улыўма халықлық шембиликте үш күн даўамында республикамыз бойынша  525 мыңға шамалас адам, соннан 265 мың 947 жас қатнасты. Олар тәрепинен 925,7 гектардан аслам жер абаданластырылды. Арнаўлы орынларға 2 мың 139 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды. 1 мың 104,1 километрлик жап-салма тазаланды. 461 қойымшылық, 8 зыярат етиў орны абаданластырылды. Сондай-ақ, таярланған жерлерге 124 мың 452 түп саяманлы,  89 мың 243 түп мийўе терек,  175 мың 39 түп гүл нәли егилди. 289 мың 802 түп теректи путаў, ҳәклеў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға жәми 317 техника қатнастырылды.



Шембилик даўамында халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бийғәрез жәрдем көрсетилип, 679 шаңарақтың турақ жайында оңлаў жумыслары алып барылды. 1 мың 169 материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардан, соның ишинде майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алынып, оларға материаллық жәрдем көрсетилди.

Улыўмахалықлық шембилик республикамыздың барлық қала ҳәм районларында шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги