Әсирлер даўамында қəлиплескен Наўрыз – халқымыздың гөззал қәдириятларын өзинде жәмлеген, ата-бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қəстерленип сақланып киятырған миллий байрамымыз сыпатында кеўиллерден терең орын ийелеген.

Мәмлекетимиз Президенти тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы қарар тийкарында, Наўрыз байрамы пүткил елимиз бойлап  «Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы , бүгин Кегейли районындағы орайлық стадионда улыўмахалықлық театрластырылған әдебий-музыкалы байрам тамашасы болып өтти.

Онда стадион әтирапына қараүйлер тигилип, халқымыздың миллий қол өнери буйымлары ҳәм тағамлары, жаслардың ҳәр қыйлы тараўларда қолға киргизип атырған табыслары сәўлеленген көргизбелери қойылып, бул илаж қатнасыўшыларында өзгеше тәсир қалдырды.

Байрам салтанатында район ҳәкими Айбек Камалов аймақ халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы Наўрыз бенен қутлықлап, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыз буннан да абадан турмыста жасаўына тилеклеслик билдирди.






Соңынан илаж қатнасыўшыларына районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли, театрластырылған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул район турғынларын шексиз қуўанышқа бөледи.

Ал, байрамға бағышланған спорт жарыслары болса, Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданында болып өтпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги