ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси тәрепинен мәҳәллелердеги жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың усы тараўға байланыслы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде райондағы “Кантекс Инвест” жуўапкерлиги шекленген жәмийетине саяхаты шөлкемлестирилди.

Мақсет жасларды кәсип-өнерге бағдарлаўдан ибарат.

Онда атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанды қурыў сыяқлы уллы мақсетке ерисиў жолында тийкарғы сүйенишимиз болған ерк-ықрары беккем жасларға итибар ҳәм ғамхорлықлар көрсетиў, оларға барлық тараўларда өз потенциалын толық көрсетиўи ушын зәрүр шараят ҳәм мүмкиншиликлерди жаратып бериў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары есапланады.

2019-жылы иске түскен «Кантекс Инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети райондағы ең ири санаат кәрханаларының бири есапланады. Бүгинги күнде 600 ден аслам жас жумыс ислеп атырған бул кәрхана аймақ халқын турақлы жумыс пенен тәмийинлеп қалмастан, өз өнимлерин сырт еллерге экспорт етпекте. Бүгинги күнде кәрханадағы жумыс үш сменада шөлкемлестирилген. Онда жумысшылардың жумыс ислеўи ҳәм дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Кәрхана өткен жылдың өзинде 10 411,9 мың долларлық ийирилген жип (пряжа) экспорт еткен. Мәҳәлле жаслары кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы, өндирис процесслери менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги