Наўрыз байрамы алдынан Қадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Төрткүл районлық бөлими менен филиалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер, жыйналғанларды жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы Наўрыз байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Заманагөй көринисте қайта реконструкцияланған имаратта хызметкерлер ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, мәжилислер залы, архив, руўхыйлық ҳәм басқа да бөлмелер жаңа мебельлер, бүгинги күнниң талабына жуўап беретуғын түрли техникалық қураллар менен тәмийинленген.
Бул жерде жаратылған шараятлар келешекте халыққа сапалы хызмет көрсетиў имканиятын береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги