Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-март күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинди усы мәмлекет президентлигине сайлаўда ерискен исенимли жеӊиси менен шын жүректен қутлықлап, келешектеги жумысында табыслар тиледи.

Мәмлекетимиз басшысы сайлаўшылардыӊ белсене қатнасыўы ҳәм даўыс бериў нәтийжелери россиялылар әмелдеги Президентке жоқары исеним билдирип атырғанын, әмелге асырылып атырған сиясат ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды кеӊнен қоллап-қуўатлап атырғанын  және бир мәрте тастыйықлағанын айрықша атап өтти.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кеӊ көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгин өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы пәтте артып бармақта, экономиканыӊ түрли тармақларында инвестиция жойбарлары әмелге асырылмақта, жетекши кәрханалар, исбилермен топарлар ҳәм аймақлар арасында кооперациялық байланыслар күшеймекте. Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.

Усы жылдыӊ апрель айында Ташкентте кооперацияныӊ жаӊа формалары ҳәм перспективалы жойбарларды алға қойыў ушын нәтийжели майданға айланған гезектеги “ИННОПРОМ” халықаралық санаат көргизбеси болып өтеди.

Телефон арқалы сөйлесиў барысында келешектеги жоқары дәрежедеги илажлардыӊ режеси де көрип шығылды.

ӨзА