Жасларымызды ана-Ўатанға муҳаббат, миллий қәдириятларымызға сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаў туўылған ўақтында қулағына бесик жыры есапланған, ҳәййиў айтыў, тусаў кесиў ҳәм басқа да салт-дәстүрлеримизди ислеў арқалы басланады десек асыра айтқан болмаймыз.

Ата-бабаларымыздан қалған бул үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди Наўрыз байрамында кең жәмийетшиликке көрсетилиў дәстүрге айланған.  Тахтакөпир районындағы 5-санлы ҳәм 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде өткерилген «Наўрыз келди, нәўбәҳәр келди» атамасындағы байрам кешелеринде де булар айқын көзге тасланды.

Онда район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова қатнасып, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм оларға өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Илаж даўамында, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәти аўызбиршиликли түрде, Наўрыз байрамының нышанасы болған сүмелек тағамын таярлады. Сондай-ақ, миллий тағамлар ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендириўши көргизбелер шөлкемлестирилди. Арқан тартыс, тас көтериў бойынша спорт жарыслары өткерилди.

Мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған бесик жыры, бет ашар, алты қыз минип арбаға сыяқлы сахналық көринислер жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.









Наўрыз сейиллери пүткил район аймағы бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги