Төрткүл районында Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен мини футбол бойынша муғаллимлер ҳәм хызметкерлер арасында жарыс болып өтти.

“Дүнья нурға толсын сениӊ менен, Наўрыз!”  сүрени астында өткерилип атырған жарыстың финал басқышына 12 команда қатнасты.

Онда биринши орынды 30-санлы,  екинши орынды 1-санлы, үшинши орынды 25-санлы улыўма билим бериў мектеби менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи командалары ийеледи.

Жарыс жеңимпазы менен сыйлы орынды ийелеген командаларға ϴзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл районлық Кеңеси тәрепинен  диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги