Елимиз бойлап Наўрыз улыўма халықлық байрамын кең түрде белгилеў ҳәм мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў, мәҳәллелер, халықтың турақ жайлары, қыябанлар, зыярат орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларын абаданластырыў мақсетинде «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында өткерилип атырған улыўма халықлық қайырқомлық шембилик даўам етпекте.

Республикамыз бойлап даўам етип атырған ғалабалық шембиликте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мийнет жәмәәти ҳәм студент-жаслары пайтахтымыз Нөкис қаласының «Ҳаўа жоллары», «Дослық гүзары», «Ақ отаў», «Туңғыш қоныс», «Көк өзек», «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып бармақта.

– Соның менен бирге, институт факультетлериниң әтирапларында да абаданластырыў илажлары өткерилмекте,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Матеков.

Институтта жумыс ислейтуғын хызметкерлер ҳәм студент-жаслар жоқары шөлкемлескенлик пенен, аўызбиршиликли түрде тереклерди, жол қапталы тосықларын ҳәклеў, отырғызылған нәллердиң, тереклердиң әтирапын жумсартыў, оларға суў қуйыў, қоршаған орталықты жабайы шөплердиң қалдықлары ҳәм шығындылардан тазалаў сыяқлы жумысларды атқармақта.








Илаж шеңбериндеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте.

Еслетип өтемиз, қайырқомлық шембилигинде «Мәҳәллеме 10 түп терек – мениң саўғам» сүрени тийкарында барлық турақ жай массивлери ҳәм мәҳәллелерде климат шараятына ийкемлескен ҳәм суўғарыў системасын есапқа алған ҳалда терек нәллери отырғызылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги