Нөкис районы спорт мектебинде спорттыӊ самбо түри бойынша 2008-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Бул жарысқа Нөкис қаласы, Елликқала, Әмиўдәрья, Шымбай, Кегейли, Хожели ҳәм Нөкис районларынан жәми 170 тен аслам спортшы ер балалар ҳәм қызлар қатнасып, 18 салмақ категориясында өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлер менен өткерилген жарыс халықаралық самбо қағыйдаларына муўапық алып барылды. Жарыс жуўмағында район ҳәкими З.Зайтов сөзге шығып, жеӊиске ерискен жеӊимпазларды қутлықлады ҳәм спортшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.






Қарақалпақстан хабар агентлиги