Үлкемизге бәҳәр нәпеси кирип келиўи менен халқымыз  Наўрыз байрамын кең түрде байрамламақта.

Нөкис районы «Ақтерек»  мәкан пуқаралар жыйынында болып өткен «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Байрам кешесинде халқымыздың миллий ойынлары болған ат шабыс, миллий спорт түрлеринен жарыс өткерилип, миллий өнерментшилик ҳәм тағамлар көргизбелери жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады. Байрам тамашалары қосық ҳәм намаларға уласып, тамашагөйлердиң кеўли толып тасты.










Қарақалпақстан хабар агентлиги