Өзлери туўылып өскен аймақтың экологиялық жағдайын жақсылаў исине үлес қосыўға бел байлаған “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы хызметкерлери де бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып бул илажда белсендилик көрсетти. Олар дәслеп Нөкис қаласындағы Ə.Өтепов көшесин тǝртипке келтирди.

Инсан тǝбият пенен бирге жасайды, бирге раўажланады. Ҳеш кимнен сыр емес-Ана тǝбиятымыз инсанның жǝрдемине оғада мүтǝж болып қалды. Оның байлықларына тек ғана пайдаланыўшы сыпатында қатнаста болыўдың қандай ақыбетлерге алып келетуғынлығын бүгин көпшилигимиз түсинип жеттик. Соның ушын мǝмлекетимизде тǝбиятқа ҳǝм оның байлықларына болған жаңаша көзқарас қǝлиплеспекте. Республикамызда 16-март күни басланған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги усындай илажлардан бири болып табылады.

Бир қатар өндирис кǝрханалары, исбилерменлик субъектлери, социаллық объектлер жайласқан бул көшениң аўҳалы санитариялық-гигиеналық талапларға жуўап бермейтуғын дǝрежеге келип қалған. Оның үстине эстетикалық көриниси де айтарлықтай емес. Энергия тǝмийнаты менен шуғылланыўшы қǝнигелер мине усы кемшиликлерди сапластырыўға кирисип кетти. Жǝмǝǝт ағзалары қолларына қурал-сайманларын алып, жол айналасын, тротуарларды, жап-салмаларды тазалаў жумысларын алып бармақта. Үш күн даўам ететуғын шембилик жуўмағы менен усы автомобильлер көп қатнайтуғын көшени тәртипке келтириў нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги