Sky Sports журналисти Роб Ҳаррис Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) басшысы Жанни Инфантино қанша айлық алатуғынын анықлады.

Инфантино 2023-жылы шөлкем президентлигине қайта сайланғанынан соң, оның айлығының муғдары асқан. Алдыңғы €1,99 млн 33 процент арттырылып, жылына €2,69 млн алыўды баслаған. Қалаберсе, ҳаял-қызлар арасындағы жәҳән чемпионатынан €1,93 млн бонус ислеген. Сол тәризде Инфантиноның жыллық дәраматы €4,21 млнды қурады.

23-март күни 54 жасын қарсы алатуғын Жанни Инфантино 2016-жылдың 26-февральнан берли ФИФА президенти лаўазымын ийелеп турыпты. Әмелдеги президентлик мүддети 2027-жылы жуўмақланады. Ол ФИФАға шекем Спортты үйрениў халықаралық орайы (CIES) бас хаткери болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги