Денсаўлық сақшылары да жойбарда белсене қатнаспақта

132

Усы жылдың 16-17-18-март күнлери мәмлекетимиз бойлап «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте. 

Барлық мәҳәллелер, халықтың турақ жайлары, қыябанлар, зыярат орынлары, қойымшылықлар ҳәм балалар майданшаларында абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде Нөкис қалалық медицина бирлеспеси ҳәм бирлеспеге қараслы барлық шаңарақлық поликлиникаларда да шембилик өткерилип, тараў хызметкерлериниң белсене қатнасыўында дөгерек-әтираплар жабайы шөплерден тазаланып, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилмекте.






– Сондай-ақ, тереклердиң түплери жумсартылып, қайта исленбекте,-дейди шембилик қатнасыўшыларының бири Г.Джумагулова. – Себеби, ҳәр жылы халқымыз әзелден байрамларды, қутлы сәнелерди қызғын таярлық пенен күтип алады.

Шембиликте жерлер аўдарылып, таярланған орынларға терек нәллери егилди, жап-салмалар тазаланды. Имарат әтирапында өсип турған, енди бөртип киятырған мийўели ҳәм саяманлы тереклер путалып, оларға сулыў көринис берилди. Оларды ҳәклеў ҳәм қапталларын жумсартыў жумыслары әмелге асырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги