Елимизде Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар басланып кетти.

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы «Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы» кафедрасы тәрепинен де улыстың уллы күни, шығыс халықларының жаңа жыл байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышланған руўхыйлық  илажы шөлкемлестирилди.

Руўхыйлық илажында кафедра профессор-оқытыўшылары ҳәм курс тыңлаўшылары тәрепинен таярланған  шығыс календары бойынша жаңа жыл байрамының келип шығыў тарийхы, байрамның халқымыз турмысындағы орны ҳәм әҳмийети ҳаққында мазмунлы баянатлар тыңланды.

– Қатнасыўшыларды тынышлық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликтиң белгиси болған Наўрыз әййямы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклер билдирилди,-дейди З.Жақсымуратова.

Байрам илажында тарийх топары курсы тыңлаўшылары тәрепинен Наўрыз байрамының шырайына шырай, көркине-көрик қосатуғын ҳәм өзгеше мазмун бағышлайтуғын миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген сахналық көринислер, миллий қосықлар, аяқ ойынлар атқарылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги