Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев мектепке шекемги ҳǝм мектеп билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм алдағы ўақытлары әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Соңғы жыллары билимлендириў системасын жаңаша раўажландырыўға, тәрбияшы ҳәм муғаллимлердиң жəмийеттеги абырайын арттырыўға, оларды руўхый ҳəм материаллық қоллап-қуўатлаўға, келешегимиз ийеси болған балаларымызды, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.Соңғы бес жылдың ишинде балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтыў көрсеткиши кескин арттырылып, улыўма билим бериў мектеплери саны, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши көбейтилди. Жаратылып атырған усындай имканиятларға қарамастан, тараўда шешимин күтип турған бир қатар машқалалар да бар екенлиги атап өтилип, айырым мәселелер сын көзқараста талқыланды.





Белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплери басшыларының лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.

Видеоселектор мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги