Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Танзила Норбоева Нью-Йорк қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Бас хаткери Антониу Гуттериш пенен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан Республикасыныӊ БМШ ҳәм оныӊ қәнигелескен уйымлары менен бирге ислесиўиниӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылды.

Атап айтқанда, Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) не ерисиў, гендер теӊлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, экологиялық машқалалар, атап айтқанда, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў мәселелерине итибар қаратылды.

Ушырасыў даўамында Өзбекстанныӊ БМШ пенен өз-ара байланыслары барған сайын кеӊейип баратырғаны, экономика, илим, денсаўлықты сақлаў, экология, мәденият ҳәм билимлендириў бағдарларындағы бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли нәтийжелери айрықша атап өтилди.

Өзбекстан БМШ шеӊберинде дүнья жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланған, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаўға әмелий үлес қосып атырған басламаларды алға қойып киятырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанныӊ басламасы менен кейинги жыллары регионаллық бирге ислесиў, экология, инсан ҳуқықларын қорғаў, ТРМ ға ерисиўди жеделлестириўде парламентлераралық байланысты раўажландырыўға қаратылған БМШ Бас Ассамблеясыныӊ 7 арнаўлы резолюциясы қабыл етилген.

А.Гутерриш Орайлық Азия мәмлекетлери арасында қатнасықлардыӊ бүгинги унамлы жағдайында Өзбекстанныӊ әҳмийетли ролине айрықша тоқтап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ ис-ҳәрекетлери менен Орайлық Азия бүгин тыныш-татыў жасамақта, мәмлекетлер барлық тараўларда жедел бирге ислесип атыр.

Өзбекстанныӊ басламасы менен регион ҳаял-қызлары Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларыныӊ бийбаҳа қарым-қатнасы шеӊберинде бирлесе алды.

Сәўбет барысында Өзбекстанныӊ басламаларын халықаралық майданда алға қойыў, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеӊейтиўге байланыслы анық усынысларды қоллап-қуўатлаўда БМШ пенен конструктивлик бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Шын жүректен ҳәм әмелий руўхта өткен сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан ҳәм БМШ арасында барлық тараўларда өз-ара пайдалы қатнасықларды және де кеӊейтиўге келисип алынды.


Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА