Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимизде аўыр атлетиканы ҳәм мәҳәллелерде футбол инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы презентация менен танысты.
Халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жаслардыӊ ўақтын мазмунлы өткериўде спорт үлкен орын ийелейди. “Бес баслама” олимпиадасы, республика чемпионатлары шеӊберинде ол кеӊ көлемге ийе болмақта. Соныӊ менен бирге, олимпиада спорт түрлерин раўажландырып, шебер спортшыларды таярлаўға да айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада аўыр атлетика бойынша барлық жас категориядағы спортшылар менен индивидуал ислесиў системасын жаратыў ҳәм оларды профессионал дәрежеде таярлаў ушын Аўыр атлетика орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген.
Бул орай Спорт министрлиги жанында Шыршық қаласында шөлкемлестириледи. Ол қәнигелестирилген билимлендириў шөлкеми болып, 7-11-класс балаларға сабақ бериледи. Олар алдынғы усыллар тийкарында сайланды командаларға тийкарғы талабан сыпатында таярланады. Орай 2025-2026-оқыў жылынан жумыс баслаўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Кәсиплик аўқамлар Федерациясы кеӊесиниӊ қәўендерлигинде Аўыр атлетика спорт клубы шөлкемлестириледи. Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятында аймақлық мектеплер ашылады.
Улыўма, бул бағдарды раўажландырыў мақсетинде үш жыллық бағдарлама ислеп шығылды. Онда жаслардыӊ аўыр атлетикаға қызығыўшылығын арттырыў, аймақларда спортшылар ушын жетерли шараят жаратыў, селекция процесслерин санластырыў, маман сырт елли қәнигелерди тартып, алдынғы тәжирийбелерди өзлестириў сыяқлы ўәзыйпалар қамтып алынған.
Аўыр атлетиканы ғалаба ен жайдырыў мақсетинде 3 басқышлы беллесиўлер, Орайлық Азия ҳәм “Uzbekistan Open” ашық чемпионатларын өткериў режелестирилген.
Мәмлекетимизде еӊ ғалабалық спорт түри бул футбол. Соныӊ ушын мәҳәлледе футбол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм тармағын кеӊейтиў мақсет етилген.
Буныӊ ушын мәҳәллелердеги стандионлар ҳәм басқа спорт майданшаларынан нәтийжели пайдаланылады. Олар жоқ орынларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында усындай имаратлар қурылады. Ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ түрли жас кактегориялары арасында мәҳәлле сайланды командалары дүзиледи. Талантлы жаслар анықланып, профессионал футбол шөлкемлерине бағдарланады.
Бул бағдарда мәҳәлледеги жаслар жетекшилерине Өзбекстан футбол ассоциациясыныӊ аймақлық бөлимлери ҳәм спорт мектеплери жәрдемлеседи.
Сондай-ақ, усы жылдан баслап, Англия мектеплери футбол ассоциациясы тәжирийбеси тийкарында, 8-11-класс оқыўшылары арасынан мектеп футбол жетекшиси сайлап алынады. 12-15 жастағылар арасында еки басқышлы “Мәҳәлле лигасы” ҳәм 16-30 жас категориялары арасында үш басқышлы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги беллесиўлерин өткериў жолға қойылады.
Булар мәҳәллелерден баслап футбол инфраструктурасын раўажландырыў, талантлы жасларды сайлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў, миллий сайланды командалар ушын сапалы резерв қәлиплестириўге хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, жаслар арасында спорт ҳәм дослық орталығын беккемлеў, беллесиўлерди жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежесинде өткериў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА