Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, белсендилер ҳәм мәҳәлле жетилиги қатнасты.

Атап өтилгениндей, өткен жылдың ишинде Шымбай районын раўажландырыў бойынша Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылда да даўам еттирилиўи белгиленип, бир қатар мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынды. Усы илажлар шеңберинде бар мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине жәрдемлесиў, үй шараятында ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып дәрамат алыў, бунда мәҳәлле жетилиги системасы имканиятларынан кең түрде пайдаланыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.

Соның менен бирге, пуқаралардың өз исбилерменлигин баслаўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилген имканиятлардан, жеңиллетилген кредит қаржылары ҳәм басқа да дәреклерден кең пайдаланыў кереклиги айрықша атап өтилди.

Мәжилис даўамында тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги