Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти хəм Ҳүкимети тəрепинен исбилерменликти раўажландырыў, олардың хуқықлары менен мəплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл еткен пәрман ҳəм қарарларының орынланыўын тəмийинлеўге қаратылған мəмлекетлик статистика комитетиниң комплексли илажлары режесине муўапық өз жумысларын әмелге асырып келмекте.
Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыўда хызметлер тараўын раўажландырыў есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, аўыллық жерлерде хызметлерди раўажландырыў, инженерлик-коммуникация, жол транспорт инфраструтурасын раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, бәсекилик орталығын қəлиплестириў, киши ҳəм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға жәрдем бериў сыяқлы баслы бағдар ҳəм ўазыйпалар белгиленген.
– Соның менен бирге, ҳәр қыйлы инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын көбейтиў, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыўы бойынша техникалық имканиятларын тəмийинлеў, солар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳəм телевидениениң санлы системасына толық өтиў, байланыс хəм мәлимлеме тараўының республика экономикасындағы үлесин көбейтиў, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген ҳалда финанс хызметлерин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди раўажландырыў белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы хызметлер тараўы статистикасы бөлиминиң баслығы Бахтияр Тажибеков.
Республикамызда 2024-жылдың январь айы жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 1 трлн. 093,4 млрд. сум болып, өсим пәти 2023-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 113,8 процентти, соннан аўыллық жерлерде 132,3 млрд. сум яғный, көрсетилген жәми хызметлердиң 12,1 процентин қурайды.
Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 52,0 процентти қурайды. Жыл басынан жан басына 549,6 мың сумлық хызметлер көрсетилген.
Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести хызмет түрлеринен, транспорт хызметлери 25,7, финанслық хызметлер 26,5, саўда хызметлери 20,6, байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 5,7, билимлендириў тараўындағы хызметлер 3,9, жеке хызметлер 4,1, компьютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 3,0, басқа хызметлер и 2,7 процентти қурайды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги