Тынышлық ҳәм  татыўлық бийбаҳа байлық

237

Елимиздиң бийбаҳа байлығы болған  тынышлықты  қәдирлеген журтымызда халықлар дослығын беккемлеўге   айрықша итибар қаратылып, сол мақсетте орынларда  илажлар өткерилип келинбекте.

Усындай илажлардың бири пайтахымыздағы 60-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып өтти. «Миллетлер аралық татыўлық» атамасында болып өткен  илажға  Нөкис қалалық «Нураный» қоры баслығы К.Қалендеров,  мийнет нураныйы Б. Султанов, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ. Нуратдинов, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы Ж.Утеженов,   Дин ислери бойынша Нөкис қалалық бөлим қәнигеси Қ.Низаметов,  «Жаңа базар»  ҳәм «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары қатнасты.





Илажда сөзге шыққанлар,  елимизде миллетлер аралық татыўлық, дослықты беккемлеўге қаратылған жумыслар, сондай-ақ,  миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларды ҳәм  кишкенелерге бул дослықтың әҳмийетин түсиндирип барыў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти. Буннан соң  шөлкем жәмәәти  тәрепинен ҳәр түрли миллет ўәкиллерине тән болған аяқ-ойынлар, қосықлар, миллий кийимлер ҳәм қол өнери және түрли тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилди.  Көркем өнер тараўы хызметкерлериниң атқарған концерт бағдарламалары да фестивальға өзгеше заўық бағышлады.




Фестивальда  халықлар дослығы татыўлықтың жарқын үлгиси екенлиги және бир мәрте көзге тасланды.


Г.Турдышова, 

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы