Мүрәжат унамлы шешимин тапты

249

Нөкис қалалық әдиллик бөлимине пуқара Ж.Г. өзине қарата Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен 3 миллион сум дәрамат салығын ҳәм 257 мың 600 сум пеня өндириў бойынша шығарылған қарардан наразы болып еткен мүрәжаты үйренип шығылды.

Үйрениў нәтийжесине бола, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына даўа арза киргизилип, пуқараның пайдасына шешилиўине ерисилди.

Өзбекстан Республикасы Салық кодекси 2020-жыл 1-январьдан күшке киргенлигин есапқа алып, 378-статьясында нәзерде тутылған талаплар тийкарында турақ жайды 2020-жыл 1-январьдан сатып алып отыз алты ай мүддет ишинде қайта сатқан шахсларға қарата қолланылыўы лазым еди.

Бирақ, пуқара Г.Ж.ға есапланған бул дәрамат салығы Салық кодексиниң 378-статьясы әмелге киргизилместен алдынғы яғный, 2018-жыл 27-март күни жүзеге келген қатнасықларға қарата қолланылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги