Есапқа алынбаған мийнет стажлары қайта есапланды

270

Шоманай районында жасаўшы пуқара Қ.Қ ҳәм Н.И. лар районлық әдиллик бөлимине ҳәзирги күнде пенсия жасында екенлиги, бирақ оны есаплаўда айырым мийнет стажы жыллары есапқа алынбай қалғанлығынан наразы болып жазған мүрәжаты үйренип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 46-статьясында “Ҳәр ким қартайғанда, мийнет қәбилетин жойытқанда, жумыссызлықта, сондай-ақ, бағыўшысын жойытқанда ҳәм нызамда белгиленген басқа жағдайларда социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе” деп көрсетилген.

Бирақ соған қарамастан айырым жағдайларда пенсия жасындағы пуқаралардың пенсияға шығыў ўақтында ислеген жумыс стажы толық есапқа алынбай, оларға мәмлекет тәрепинен берилетуғын пенсия муғдарлары аз есапланып, олардың ҳуқықлары бузылып атырған жағдайлар ушырасып атыр.

Мүрәжатты үйрениў даўамында Қ.Қ.ның 11 жыл 8 күн мийнет стажы, Н.И.ның болса 12 жыл 3 ай 15 күн мийнет стажы есапқа алынбағанлығы анықланды ҳәм бул бойынша Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судына шағым арза киргизилди.

Бул шағым арза Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылып, Қ.Қ ҳәм Н.И. лардың есапқа алынбаған мийнет стажларын қайта есаплаў бойынша суд қарары қабыл етилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги