«Миллионыншы Азамат» қай жерде?

Өткен әсирдиң сексенинши жыллары республикамыздың кең жәмийетшилигин дүрликтирген қуўанышлы ўақыя жүз берди. Бул көптен күтилген Қарақалпақстан халқы санының бир миллионға жетиўи еди.
Оннан берли арадан 42 жыл өтти. Халқымыздың шексиз қуўанышына себеп болған, елимиздиң миллионыншы азаматы қай жерде? Оның өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының турмыс шараятлары қандай?
Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов республикамыздың миллионыншы азаматының өмири менен қызықсынып, бул бойынша социаллық тармақлар арқалы изленген еди. Жақында бул Азаматтың дәреги табылып, жазыўшы оның менен гүрриңлескен ҳәм усы мағлыўматлар тийкарында «Миллионыншы Азамат» атамасындағы китабын жазды. Китапша бир неше бөлимнен ибарат болып, «Миллионыншы Азамат ол ким ҳәзир қәйерде», «Қарақалпақстанның миллионыншы Азаматы», «Миллионыншы Азамат пенен сәўбет», «Анасы менен сәўбет», «Биринши муғаллими», «Келинлер ул туўса Азамат болсын» атлы мақалалар, Өзбекстан қаҳарманы И.Юсуповтың усы азаматқа арнап жазған «Миллионбай Азаматқа» қосығы, Мийнет қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Қәллибек Камаловтың «Аман бол балам» деп аталыўшы жақсы тилеклери ҳәм мақала авторларының фотолары орын алған.
Китап «Jeti Iqlim» баспасы тәрепинен таярланып, офсет усылында басып шығарылған.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги