Исбилерменлер ҳәм жаслар өз-ара сәўбетлести

267

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Жаслар ҳәм бизнес структуралар менен ислесиў бөлими тәрепинен «Дослық үйи»нде исбилерменликке қызығыўшы жаслардың қатнасыўында ушырасыў ҳәм мастер-класс шөлкемлестирилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси хызметкерлери, тийисли тараў ўәкиллери, исбилерменлер, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультетиниң студент-жаслары, тюторлары қатнасты.

Ушырасыўда жеке исбилерменлер Гүлбану Хожанова ҳәм Гүлжайнар Байхараевалар жасларды кәсип-өнерге бағдарлаў, илимий тәжирийбелерин арттырыў, кәсип шеберлигин жетилистириў, исбилерменликте ерисиў мүмкин болған “табыс сырлары” ҳаққында сәўбетлести.

Өнерментлер ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси Зухра Султамуратова жасларға өнерментлер ассоциациясы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар тағыншақ ислеў ҳәм миллий кийимлерди тигиў процесслери менен тиккелей танысып, узақ жыллық тәжирийбеге ийе болған кәсип шеберлери тәрепинен мастер-класслар өткерилди.


– Бүгин мен 15 минут ишинде сырға соғып алдым. Буннан жүдә қуўанышлыман, Биз өз қолымыз бенен бир затты ислеп көрмегенше оны қыйын, деп ойлайды екенбиз. Тийкарынан «Көз қорқақ, қол батыр» деп дурыс айтылған екен. Мастер-класс даўамында бизлер тағыншақ соғыў менен бирге, оның шийки затларын қай жерлерден алыў мүмкин, таярларын сатыў жоллары ҳаққында мағлыўматларға ийе болдым,-дейди студент Мунира Бахадырова.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар исбилерменликтиң ҳәр қыйлы  бағдарлары бойынша әмелий ҳәм теориялық билимлер ҳәм көнликпелерге ийе болып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги