«Өзбекстан -2030» стратегиясының мақсетлеринен бири-мәдений шөлкемлердиң хызметин раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм тараў қәнигелерин қоллап-қуўатлаў, сүўретлеў ҳәм көркем өнер бағдарларын раўажландырыўды әмелге асырыў ушын O`zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы  Кеңесиниң Жаслар ҳәм бизнес системалар менен ислесиў бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм  мәденияты мәмлекетлик музейинде партияның  белсенди жаслары тәрепинен көргизбе шөлкемлестирилди. Көргизбеде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сүўретлеў ҳәм көркем өнер факультетиниң студентлери Динара Қурбанбаева ҳәм Мухаббат Қыдырбаевалардың қолдан исленген  гүлалшылық жумыслары көргизбеге қойылды. Көргизбеге келген жаслар өнермент қызлар тәрепинен исленген өнерментшилик буйымларының безеў процесслери менен танысыўы менен бирге, музейдеги гөззаллық дүньясын тамашалады.


-Бундай көргизбелер талантлы жаслардың дөретиўшилик мийнетлерин жүзеге шығарыў менен бирге, олардың имканиятларын арттырыўда оғада әҳмийетли. Биз өзимиздиң мийнетимиздиң жемисин заманласларымызға  таныстырғанымыздан қуўанышлымыз. Алдағы ўақытлары дөретиўшилик өнимлеримди буннан да үлкен фестивал ҳәм көргизбелерге алып шығыў нийетиндемен,-дейди Д.Қурбанбаева.

Ушырасыў  даўамында жаслар өнермент қызларға сораўлар берип, тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги