Танзила Норбоева БМШ Ҳаял-қызлар структурасының директоры менен сөйлесиў өткерди

239

АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясы болып өтип атырғаны ҳаққында хабар берген едик.

Сессия шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Танзила Норбоева абырайлы шөлкемлердиң басшылары, түрли мәмлекетлердиң жетекши ҳаял-қызлары менен әҳмийетли ушырасыўлар өткермекте.

Гезектеги ушырасыў БМШ Ҳаял-қызлар структурасының директоры Сима Сами Бахус пенен болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм БМШ Ҳаял-қызлар структурасы арасында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, атап айтқанда, бул шөлкемниң мәмлекетимиздеги жумысын және де жеделлестириў, гендер теңликти тәмийинлеў тараўындағы перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Гендер теңликке ерисиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, оларға теңдей имканиятлар жаратыў бағдарында Өзбекстанда системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны, онда БМШтың усыныслары әҳмийетли орын ийелеп атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы БМШ Ҳаял-қызлар структурасының пүткил дүнья жүзинде гендер теңликке ерисиў ҳәм ҳаял-қызлардың имканиятларын кеңейтиў бойынша 2022-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық режесине сәйкес екенине айрықша итибар қаратылды.

С.Бахус БМШ Ҳаял-қызлар структурасы Өзбекстанды региондағы тийкарғы шерик деп билетуғынын, мәмлекеттеги кең көлемли өзгерислер ҳәм ТРМды әмелге асырыўда жедел бирге ислесиўге қатнасыўы мәселелериниң Ташкенттиң әҳмийетли роли итибарға алынып, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызлар сөйлесиўи шеңберинде Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екени билдирилди.

– Өзбекстанның гендер теңликти тәмийинлеўде ерискен сезилерли жетискенликлерин есапқа алып, мәмлекетиңизди регион мәмлекетлери арасында гендер мәселелерин ислеп шығыўда байланыстырыўшы роль атқарыўы мүмкин болған көпир сыпатында көремиз, деп атап өтти С.Бахус.

Сәўбет жуўмағында Өзбекстан ҳәм БМШ Ҳаял-қызлар структурасы менен әмелий жойбарларды енгизген ҳалда бирге ислесиўди және де күшейтиўге келисип алынды.

*   *   *

Және бир ушырасыў Иран Ислам Республикасының Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша вице-президенти Энсиё Хазалий менен болып өтти.

Бизге белгили, Өзбекстан ҳәм Иран Ислам Республикасы арасындағы байланыслар, әсиресе, саўда-экономикалық ҳәм сиясий сөйлесиўлер избе-из раўажланып бармақта.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, халықаралық структуралар шеңберинде шерикликти кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Жоқары дәрежедеги, сондай-ақ, еки мәмлекет ҳүкиметлери ҳәм парламентлери арасындағы жедел өз-ара байланыслар мәмлекетлеримиз ҳаял-қызлары арасындағы бирге ислесиў ушын әҳмийетли платформа жаратып атырғаны айрықша атап өтилди.

Еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде ҳаял-қызлар шөлкемлери арасында байланысларды жолға қойыў, олардың социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-ағартыўшылық турмыста қатнасыўын арттырыў, жәмийеттеги социаллық статусын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди биргеликтеги жойбарлар тийкарында бирлестириў перспективалары көрип шығылды.

Атап айтқанда, илимий мәкемелер арасында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў бойынша бирге ислесиў ҳәм Өзбекстан ҳәм Иранның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде студент-қызлар ушын алмасыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алынды.

*   *   *

Туркияның шаңарақ ислери ҳәм социаллық тәмийнат бойынша министри Махинур Оздемир Гёкташ пенен ушырасыўда мәмлекетлеримиз басшыларының исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлери себепли бүгин Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы туўысқанлық қатнасықлары өз-ара исеним тийкарында раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында гендер теңликти тәмийинлеў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары менен ислесиў бағдарында бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланды.

Ҳаял-қызларға ҳәм шаңарақтағы зорлықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўында шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый базаны жетилистириў бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети менен Түркия парламентиниң Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең имканиятлар комитети арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў усынысы алға қойылды.

Конструктивлик ҳәм әмелий руўхта өткен ушырасыў жуўмағында ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын жүзеге шығарыў бағдарында биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы