Абат мәканның бахытлы балалары

Республикамыз аймақларында қурылып атырған жаңа мектеп ҳәм балалар бақшалары қурылыўы халқымызға үлкен қолайлықлар жаратып бермекте.
2023-жылдың басында пайдаланыўға берилген Шымбай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 32-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми де усындай тәлим-тәрбия орынларының бири болып табылады.
-Жаңадан бой тиклеген балалар бақшасы 2022-жылдың ақырында «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, қурып питкерилди ҳәм 2023-жылдан баслап өз жумысын алып бармақта,-дейди шөлкем директоры Рано Мәмбетниязова.-Ҳәзирги ўақытта бақшамызда 90 бала «Илк қадам» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша тәлим-тәрбия алмақта.
Мәмлекетлик бағдарлама тийкарында қурылған бул бақшада тек ғана Абат мәкан елатының емес, ал, қоңсылас мәкан пуқаралар жыйынларының да балалары усы жерде заман талабына сай тәрбия алмақта. Бақшада инглис, рус тили, музыка, сүўретлеў өнери ҳәм дене тәрбиясы дөгереклери ислеп тур. Оларға өз кәсибиниң маманы болған педагог-хызметкерлер тәлим-тәрбия бермекте.




-Балалардың кеўиллеринде туўылған жер ҳәм ана-Ўатанға болған сүйиспеншиликти арттырыў мақсетинде, бақшамызда миллий мүйеш дөгереги жаратылып, онда халқымызға тән болған үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлеримиз ҳаққындағы мағлыўматлар, үй-руўызгершилик буйымлары, халқымыз арасынан жетилисип шыққан белгили инсанлардың сүўретлери орын алған,-дейди Рано Мәмбетниязова.-Бул перзентлеримиздиң миллий қәдириятларымызға болған меҳирин оятып, дүньяға деген көзқарасын кеңейтеди деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги