Арал ултанындағы 10 гектар аймаққа 10 мыңға шамалас сексеўил нәллери егилди

218

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм министрликтиң Қоршаған орталық ҳәм тәбиятты қорғаў технологиялары илимий-изертлеў институты тәрепинен «Iveco Group» компаниясы менен биргеликте Арал ултанындағы 10 гектар аймаққа 10 мыңға шамалас сексеўил нәллери егилди.

Сондай-ақ, бул аймақта институт илимпазлары тәрепинен экосистеманы тиклеўге қаратылған илимий излениўлер алып барылмақта. Бунда шөл аймағында жайлаўларды қурыў, жасыл қапламалар менен қаплаў, Арал түбинен көтерилетуғын шаң-тозаңлардың тарқалыўына жол қоймаў, климат өзгериўи дәўиринде жерлер деградациясын азайтыўға илимий жақтан қатнас жасаў мақсет етилген.

Мағлыўмат ушын, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына бола, 2018-2023-жыллар даўамында Арал теңизиниң ултанында 1 миллион 730 мың гектар тоғайлар жаратылды, яғный 17 мың квадрат майдан көклемзарластырылды. 2024-жылы болса көлеми 150-200 мың гектар майданда тоғайлар қурыў режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем тоғай хожалықлары тәрепинен 192,63 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары, соның ишинде, 71,96 тонна сексеўил, 120,67 тонна қарабарақ шөл өсимликлери терилип, егиўге таярланды. Сондай-ақ, 2,7 мың гектар майданда сексеўил, қандим, черкес сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлердиң туқым ҳәм нәллери егилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги