Санаат-өндирис көрсеткишлери жоқарыламақта

Усы жыл январь айында республикамызда 1 триллион 581,8 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, санаат-өндирис индекси өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,4 процентти қурады.
Жәми санаат өнимлери көлеминиң 82,8 проценти ири кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылды.
Статистикалық есап-санақлар бойынша усы жылдың январь айында киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлериниң көлеми 166,5 млрд. сум көлеминде баҳаланып, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 147,7 процентти қурады.
Сондай-ақ, жеке исбилерменлер ҳәм үй хожалықлары тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлериниң көлеми 105,8 млрд. сум муғдарында (6,7 процент) есап-санақ етилди.
Есабат дәўиринде, жәми санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминде электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў хызмет түри бойынша 335,1 млрд. сум (жәми санаат өнимлери ислеп шығарыўдағы үлеси 21,2 %), таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеў хызмет түри бойынша 11,5 млрд. сум (0,7 %) ҳәм суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў хызмет түри бойынша 8,0 млрд. сумлық (0,5 %) өним ислеп шығарылды.

2024-жылдың январь айында өндирислик санаат кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 1227,2 млрд. сумды ямаса жәми ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 77,6 процентин қурады.
Өндирислик санааттың 57,3 процентин орта-жоқары, 4,0 процентин орта-төмен ҳәм 38,7 процентин төмен технологиялы кәрханалар қурады.
Өз гезегинде, өндирислик санаатта өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда портландцемент 3,1 есеге, макарон өними 92,4 процентке, арақ 20,3 процентке, карбонат динатрия 4,5 процентке артқанлығын ҳәм бийдай наны 71,8 процентке, жумсақ бийдай ҳәм спельта уны 37,2 процентке, тазаланған пахта майы өткен жылға салыстырғанда 11,7 процентке азайғанын көриўимиз мүмкин.

Таў-кән санаатында ислеп шығарылған өнимлер түри бойынша өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда газ конденсаты 14,7 процентке ҳәм тәбийий газ 16,4 процентке азайған.
Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ақаба суўларды жоқ етиў, транспортировкалаў ҳәм қайта ислеў бойынша хызметлердиң 50,6 процентке, суўды қайта ислеў ҳәм суў тармақлары бойынша бөлистириў хызметлериниң 17,0 процентке артқанлығы ҳәм қәўипсиз шығындыларды жыйнаў бойынша хызметлер 2,5 процентке төменлегени бақланды.
Қала ҳәм районлар бойынша санаат-өндирис көлемлери Республика санаат-өндирис көлеминиң қурамында ең көп үлес Нөкис қаласы (жәми өндирис көлеминиң 45,6 проценти), Тақыятас (20,9%), Қоңырат (6,0%), Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья (3,8%), Беруний (2,3%) районларына туўра келеди.
Муҳаббат Курбанова,
Статистика басқармасы санаат статистикасы бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги