Қадағалаў жумыслары алып барылмақта

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда Өзбекстан Республикасы халқының 20 миллионнан асламын балалар ҳәм туўыў жасындағы ҳаяллар қурайды. Туўыў комплекслери ҳәм перинатал орайлар, ҳаяллар мәсләҳәтханалары тәрепинен бүгинги күнде жылына 850 мың ҳәмиледарларға медициналық хызметлер көрсетилмекте. Барлық орайлық поликлиникаларда “Онко-қадағалаў” ханалары болып, 35 жастан асқан ҳаяллар ҳәр жылы скрининг тексериўинен өткерилип келинбекте. Бул болса рак кеселликлерин ерте анықлаў имканиятын 10 есеге арттырып, нәтийжеде соңғы 6 жылда аналар өлими интенсив көрсеткиши 21 ден 15 ке, нәрестелер өлими 11 ден 8 ге азайған.

Бул жумысларды және де жетилистириў, аналар хам балалар саламатлығы бойынша машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў мақсетинде Республикалық жумысшы топар, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялык партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм тийисли мәкеме шөлкемлердиң қатнасыўында пуқаралардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў, саламатлығын беккемлеў, аналар менен балалардың мәпин қорғаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша аймақлар кесиминде жәмийетлик қадағалаў жумыслары алып барылмақта.
Үйрениў жумыслары Нөкис қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген Ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медициналық орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалынан басланды. Енгизилген хызмет түрлери, ҳәмиледар ҳаялларды дизимге алыў, скрининг тексериўлеринен өткерилиўи ҳәм анықланған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, кемқанлық пенен наўқасланған ҳаялларды емлеў, мүддетинен алдын туўылған нәрестелерге ҳәм биринши мәрте перзентли болған жас аналарға берилип атырған жәрдемлер ҳәм шараятлар менен танысты.

Үйрениўлер даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар берилип, скрининг ҳәм перинатал орайлар, ҳаяллар медициналык мәсләҳәт бөлмелери, туўыў комплекслери, репродуктивлик саламатлық ҳәм патронаж хызметиниң сапасын және де жоқары басқышқа алып шығыў хаққында зәрүр мәсләҳәтлер берилип, усыныслары тыңланды.
Бундай үйрениў ислери республикамыздағы барлық медицина мәкемелеринде даўам етпекте.
А. Есемуратова, Өзбекстан “Адолат” СДП
Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги