Жаңа имканиятлар келешекке исенимди арттырады

Шымбай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектеби Оржап мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан болып, ол 2004-жылы қурылған еди. Аймақта жаңа турақ жайлардың бой тиклеп, халық санының өсиўи менен бул мектепте де оқыўшылар саны көбейип барды. Бул болса, әлбетте, оқыў дәргайында класслардың жетиспеўшилигине алып келип, сабақлардың заман талабына сай өтилиўинде бир қатар машқалаларды келтирип шығарды.
-2024-жылға шекем мектебимиз оқыўшылары еки мезгилде оқытылып, муғаллимлеримиздиң қосымша пән дөгереклерине өтиўине ҳеш қандай имканият жоқ еди,-дейди мектеп директоры Қазақбай Жорабеков.-Бул болса, оқыўшылар менен бирге ислесиўде, оларды өз қызығыўшылығына қарай пән дөгереклерге тартыўда әдеўир қыйыншылықлар пайда ететуғын еди.
Бул мәселе бойынша жоқары уйымларға еткен мүрәжатымыз ҳәм мектебимиз жәмәәти тәрепинен билдирилген усынысымыз инабатқа алынып, өткен жылдың май айында мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында қосымша түрде 350 орынлық имарат қурылысы басланды. «Монтаж Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен жүргизилген қурылыс жумысларының нәтийжесинде, бул оқыў имараты өз ўақтында питкерилип, быйылғы жылдан баслап халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Буның нәтийжесинде ҳәзирги ўақытлары оқыўшыларымыз өзлериниң сабақтан бос ўақытларында қосымша пән дөгереклерине қатнап, өз билимлерин беккемлемекте.





Өсип киятырған жас әўладтың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ушын жаратылып атырған бундай қолайлықлар ушын мәмлекетимиз Президенти, республика ҳәм район басшыларына, қурылыс шөлкемине терең миннетдаршылық билдиремен. Алдағы ўақытлары мектебимиздиң педагогикалық жәмәәти өзлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлық ҳәм қоллап-қуўатлаўға жуўап ретинде, билимлендириўдиң сапасын арттырып, оларды елимиз ушын ҳадал хызмет ететуғын азаматлар болып жетилисиўине өзлериниң бар билим ҳәм күш-жигерин жумсайтуғынлығына исеним билдиремиз.
Ҳақыйқатында да, жаңадан қурып питкерилген оқыў имаратының ишин аралар екенбиз, ондағы кең, жақты ҳәм жыллы классларда билим алып атырған оқыўшылар ҳәм электрон тахталарда заманагөй педтехнологияларды қолланып оларға сабақ өтип атырған педагогларға ҳәўесимиз келди. Өткен жылы Ашық бюджет порталында жеңимпаз атанып, буның нәтийжесинде мектеп дөгерегине қурылған жасыл қапламалы спорт майданшасында футбол ойнап атырған жаслардың күтә шеберлик ислеген жылдам ҳәрекетлери кеўлимизди көтерип, елимиздиң ертеңги келешегине деген исенимимизди арттырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги