Барлық реформалар инсан қәдири ушын

263

Елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде  халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм басланғыш медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түп –тийкарынан жетилистириў ислери  жаңа басқышқа көтерилмекте. Биз усы бағдарда республикамызда медицина тараўында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў ушын Қарақалпақстан  Республикасы денсаўлықты сақлаў министри  М. Қурбанов пенен сәўбетлестик.

-Мурат Исмаилович тараўда  алып  барылып атырған реформалардың нәтийжелерине тоқтап өтсеңиз?

– Президентимиз тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў ҳәм түп-тийкарынан реформалаў бойынша бир неше қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, олардың орынланыўын тәмийинлеў ушын республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде министрлик қурамында 17 көп тармақлы орайлық  поликлиника, 69 шаңарақлық шыпакерлик пункти, 81 шаңарақлық поликлиника, 91 мәҳәлле медициналық пункти, 37 республика қарамағындағы емлеў профилактика мәкемелери жумыс алып бармақта. Халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў ушын заман талаплары тийкарында емлеў орынларын  қайта оңлаў, жаңадан салыў, оларды тәжирийбели, билимли медицина хызметкерлери ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер,  дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Өткен бес жыл ишинде 113 медициналық хызмет көрсетиў объектлерине қурылыс,  реконструкция  ҳәм  қайта оңлаў жумыслары алып барылды.  Бозатаў районындағы медицина бирлеспесине реконструкция жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде жергиликли халық,  әсиресе, балалар  ҳәм ҳәмиледар  ҳаялларға районның өзинде медициналық жәрдем бериў имканиятлары жаратылды. Ал, Нөкис районы медициналық бирлеспесиниң туўыў, қабыллаў диагностика, лаборатория, реанимация ҳәм  хирургия бөлимлери жаңадан қурып питкерилип, район халқына сапалы тез жәрдем бериў жумыслары жолға қойылды.

Жақында ғана Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық  жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы,  Республикалық тез жәрдем орайының аймақлық филиалы ҳәм пайтахтымыздағы 8-санлы Шаңарақлық поликлиниканың жаңа имаратларының қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылыўы халқымыз ушын үлкен жаңалық болды.  Кеше ғана Төрткүл районы медицина бирлеспесине қараслы туўыў комплекси имараты қурылысының қазығы қағылып, жумыслар басланды. Қурылыс ислери шеңберинде туўыў үйи комплекси имаратын қурыў сондай-ақ, бурынғы имаратын қайта оңлаў жумыслары режеге киргизилген. Бул бағдардағы жумыслар алдағы ўақытлары да нәтийжели даўам етеди.

Әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде емлеў-профилактика мәкемелериниң дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўи соңғы  бес жылда 85 процентке жеткерилди. Эндокрин кеселликлер менен кеселлениў дәрежеси 22, туберкулёз кеселлиги менен  кеселлениў дәрежеси 30, онкологиялық кеселликлердиң кеш басқышларда анықланыўы 3, жүрек-қан тамыр кеселликлери менен басланғыш кеселлениў көрсеткиши 3,5 процентке азайды. Онкологиялық кеселликлерди, әсиресе, ҳаяллар  арасында ушырасатуғын көкирек бези раги кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде  45-65 жастан асқан ҳаялларды ҳәр жылы скрининг тексериўден өткериў ушын 1 дана мобиль маммограф үскенеси иске түсирилди. «Өкпе саламатлығы» мобил бригадасы шеңберинде алыс аймақларда жасаўшы халықты бийпул медициналық тексериўден өткериў, скрининг илажларын әмелге асырыў ушын жасалма интеллект диагнозлаў комплекси, мобил рентген, спирометр, ЭКГ, лаборатория үскенелери менен тәмийинленген бир дана қәнигелестирилген автотранспорт пенен тәмийинленди.    Халыққа тез жәрдем көрсетиўде  кешигип барыўлар 5 процентке, жетип барғанға шекемги өлим көрсеткишлери 20 процентке азайды. Хожели, Тахтакөпир, Қанлыкөл районларындағы емлеў профилактика мәкемелеринде толық оңлаў жумыслары  алып барылып, кадрлар менен тәмийинлениўи, кеселлениў көрсеткишлери жақсыланды.

-Республикамызда жоқары технологиялық операциялардың заман талабына сай раўажланыўы, сондай-ақ, медициналық мәкемелердиң заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўи қай дәрежеде?

-Дүнья жүзинде технологиялық операцияларды ислеў, хирургиялық операциялардың жаңа көринислери тез пәт пенен раўажланбақта. Бизиң елимизде бул мәселеде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм билимли қәнигелер менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

2023-жылғы Халықаралық жойбарлар бойынша ЮНИСЕФ, ЖДСШ ҳәм ЮНФПАның биргеликтеги

Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медициналық орайының Нөкис филиалында эндопротезлеў, артроскопия, республикалық хирургия орайы Нөкис филиалында жоқары технологиялық ҳәм инвазив хирургиялық операция, республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайы филиалында витректомия, циклофотокоаугуляция ҳәм  тор пердени лазер коагуляциясы усыллары, республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм   радиология илимий-әмелий медициналық орайы филиалында жоқары технологиялы хирургиялық  ҳәм рентген эндоваскуляр операциялары, республикалық қәнигелестирилген  урология илимий-әмелий медидициналық орайында жоқары технологиялы ҳәм  инвазив хирургиялық операциялар жолға қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы медицина тарийхында биринши мәрте 2021-жылы 13-18-сентябрь күнлери Нөкис қаласындағы қәнигелестирилген медицина орайында 4 наўқасқа бүйрек көширип өткериў операциясы өткерилген болса,  бүгинге келип 22 наўқасқа өткерилди. Трахеяның стенозы (шандықлы тарайыў) кеселлигине шатылған бир наўқасқа операция исленди. Гереңлик кеселлигине шатылған еки балаға кохлеар имплантат қойыў операциясы, сондай-ақ, туўма бет-жақ нуқсанлары бар балаларға қурамалы операциялар әмелге асырылды.


Медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде жети жыл даўамында олар 12,0 млн долларлық 911 әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Нәтийжеде Қараөзек, Кегейли, Елликқала, Шоманай, Қанлыкөл, Беруний, Әмиўдәрья, Нөкис районы медицина бирлеспелери зәрүр болған лапароскоп хирургиялық операция топламы менен  тәмийинленип, районлардың өзинде жоқары технологиялы хирургиялық операцияларды  ислеў жолға қойылды. Сондай-ақ, басланғыш медициналық санитария мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын  69 шаңарақлық поликлиникалар ушын жәми 8 млрд 136 млн сумға тең ҳәр бири 72 ЭКГ, УТТ аппаратлары менен тәмийинленип, халқымыздың өз аймағындағы поликлиникаларда бийпул тексериўлерден өтиўине имканиятлар жаратылды. Қарақалпақстан Республикасы медицина институты клиникасы жанындағы клиника өз жумысын баслады. Усы клиника хызметин және де раўажландырыў, халықаралық байланысларды беккемлеў, қәнигелердиң билим дәрежесин және де арттырыў мақсетинде   Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина институты менен бирге ислесиў жолға қойылды.

-Тараўға сырт ел инвестицияларын  ҳәм  жәмийетлик шөлкемлерди тартыў, халықаралық бирге ислесиў бағдарларында  қандай жумыслар исленбекте?

-Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў, заманагөй билимли қәнигелер менен бирге ислесиў тараўдың илгерилеўине тийкар болары анық. Бул бойынша да тараўда кең көлемли жумыслар исленбекте.  Атап айтқанда 2023-жылғы Халықаралық жойбарлар бойынша ЮНИСЕФ, ЖДСШ ҳәм ЮНФПАның биргеликтеги  «Қарақалпақстанда халықтың мүтәжлигине қаратылған, климат шараятына шыдамлы басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасына тийкар жаратыў, сондай-ақ денсаўлықты сақлаў мәкемелери менен мектеплерде суў тәмийнаты, санитария ҳәм гигиена қағыйдаларын жақсылаў» жойбары, БМШРБ, ЮНИСЕФ ҳәм ФАО ның биргеликтеги  «Аралбойы аймағын жасыл ҳәм инновациялық раўажландырыў арқалы жарқын келешек жолында жаслардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў» жойбары, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм ЮНФПА менен биргеликтеги жойбары тийкарында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған БМШРБ ҳәм ЮНФПА менен биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылған «Жатыр мойны рагин ерте анықлаў ушын ИПВ тести» Аралбойы регионындағы жергиликли халықтың денсаўлығын, сондай-ақ экологиялық, экономикалық шыдамлылығын беккемлеў тийкарында жумыслар алып барылып,  Аралбойы аймағында  50 мыңнан аслам ҳаял-қызлар ИПВ тестинен өткерилди.

Сондай-ақ, «PROJECTC.U.R.E» Америка шөлкеми тәрепинен  Қарақалпақстан Республикасы профилактикалық емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў жойбары жолға қойылды.

Ал,  пайтахтымыз Нөкис қаласында  Шайх Халифа бин Зоид Наҳаян қоры тәрепинен улыўма баҳасы 28 млн АҚШ долларына тең 150 орынға мөлшерленген Ҳаяллар ҳәм балалар емлеўханасының қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, 2023-жылы тараўда ислеп атырған жетписке шамалас медицина хызметкерлери менен профессор-оқытыўшылар билимин арттырыў  ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын сырт  мәмлекетлердеги жетекши медицина ҳәм билимлендириў мәкемелеринде болып қайтты.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етип, алдағы ўақытларда да  ҳүрметли Президентимиз айтқанындай «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын» деген идея тийкарында халықтың саламатлығын сақлаў бойынша жумысларымыз даўам етеди.

Сәўбетлескен: Г.Турдышова,

 Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы