Россияда президентлик сайлаўы басланды. Сайлаў үш күн – 15,16 ҳәм 17- март күнлери болып өтеди. Бул сайлаўда 4 талабан гүрес алып бармақта.
Усы процесс ушын жәми 94 мың сайлаў участкалары жумыс алып барады ҳәм оларда Россиядан 112,3 млн адам қатнасады. 144 сырт мәмлекетлердеги 300 ге шамалас сайлаў участкаларында болса 1,9 млн сайлаўшы даўыс береди.
Мүддетинен алдын өткерилген президентлик сайлаўлары усы жылдың 25-февралынан 14-мартына шекем өткерилген ҳәм онда жәми 2,3 млн россиялы даўыс берген.
Атап өтилиўинше, мәмлекет тарийхында дәслепки мәрте мине, усындай көп күнлик даўыс бериў форматы қолланылмақта.
Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын 33,2 млрд рубль ажыратылған.
Мағлыўмат ушын, Россия президенти 6 жылға сайланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги