Тараўдың бүгинги жағдайы таныстырылды

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тараў қәнигелериниң қатнасыўында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары Айбек Дәўлетбаев, министрдиң орынбасары Муҳаббат Шлимбетовалар тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм алдағы режелери, министрлик ҳәм оның қалалық, районлық бөлимлери тәрепинен 2023-2024-оқыў жылында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Республикамызда жәми 2500 билимлендириў мәкемелери болып, соннан, 722 cи мектеп (4 арнаўлы мектеп-интернат, 2 санатория типиндеги мектеп-интернат), 18 «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, 1760 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып, олардан 472 си мәмлекетлик, 10 ы жеке меншик, 99 ы мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарындағы ҳәм 1178 и шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып есапланады. Републикамызда қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы 15 қәнигелестирилген мектеп, 3 мектеп-интернат жумыс алып бармақта.
Сондай-ақ, жәми 6 мәмлекетлик емес жеке меншик улыўма орта билим бериў мектеплери жумыс алып бармақта. 2023-2024-оқыў жылында жәми оқыўшылар саны 362 578 болып, соннан тәлим бес тилде алып барылады.
Республика бойынша 3-7 жасқа шекемги балалар саны 150 904 бала болып, соннан 119 505 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған, яғный қамтыў көрсеткиши 79,2 процентти қурамақта.
Улыўма билим бериў мектеплеринде 38171 педагоглар (74 % ҳаял) жумыс алып бармақта. Соннан 93,8 проценти жоқары мағлыўматлы. 2023-жыл даўамында барлық мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында жәми 31 билимлендириў объектлеринде баҳасы 226,1 млрд. сумлық қурылыс, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылған.
Өткен оқыў жылында улыўма орта билим бериў мәкемелериниң
11-классларын 20 633 оқыўшы тамамлаған болса, соннан 54,2 проценти жоқары оқыў орынларына кириўге мияссар болды.
Бүгинги күнде ҳәр бир қала, районда жәми 17 мектепте усы оқыў жылынан баслап 7-классларда екинши шет тилин оқытыў ҳәм 10-класс оқыўшыларына ул балалар ҳәм қыз балалар ушын ѳз алдына «Кәсиплик билимлендириў» пәни оқытылыўы жолға қойылды.
2022-2023-оқыў жылында 9-11-класс оқыўшылары арасында 16 пән бағдары бойынша өткерилген тийкарғы олимпиаданың Қарақалпақстан Республикасы басқышында жәми 2989 оқыўшы қатнасып, соннан 144 оқыўшы жеңимпаз болып оларға 175,5 млн. сум муғдарында пул сыйлықлары тапсырылды. 2023-2024-оқыў жылына улыўма билим бериў мектеплерине 1-11-класслары ушын 4 млн. 551 мың 83 дана сабақлықлар ҳәм оқыў методикалық қолланбалардың бүгинги күнге келип 60 проценти тәмийинленди. жергиликли бюджет қаржылары тийкарында 544,9 млн. сум муғдарында 10 атамдағы 15 мың дана қарақалпақ тилиндеги әдебий китаплар менен тәмийинленди.
2022-жыл сентябрь жағдайына жоқары категориялы муғаллимлер үлеси 6,6 процентти қураған болса, 2023-жыл январь жағдайына 9,9 процентке өсти.
Арнаўлы қарарға муўапық алыс аймақларда жайласқан мектеплердеги муғаллимлерге болған зәрүрликти қаплаў мақсетинде 2023-2024-оқыў жылында 19 муғаллим жумысқа жайластырылып, базалық есаплаўдың 50 есеси муғдарында бир мәртелик басланғыш жәрдем пуллары төлеп берилди ҳәм бүгинги күнде оларға турақ жайларды ижараға алғанлығы (ижарада турғанлығы) ушын ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында компенсация пуллары төлеп келинбекте.



Баспасөз конференциясында журналистлер көмир жағып отырған айырым мектеплердеги жағдайлар, репетиторлардың жумысын легалластырыў, жеке меншик мектеплер, айырым мектеплерде жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери