Алишер Қаюмов Өзбекстанның Сингапурдағы жаңа елшиси етип тайынланды. Бул ҳаққында «Дунё» МА мәлим етти.

Жаңа елши Сингапурға тайынланыўынан алдын Өзбекстанның Германиядағы елшиханасында мәсләҳәтши болып ислеген.

54 жастағы дипломат Ташкент мәмлекетлик университетин (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети) тамамлаған. Узақ жыллар даўамында Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги системасында (ҳәзирги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги) ҳәм Германиядағы елшиханада саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтши болып ислеген.

Елшихана мәсләҳәтшиси болып ол Австрия ҳәм Венадағы халықаралық шөлкемлердеги дипломатиялық миссияны басқарған. Жеке меншик бизнесте, сондай-ақ, сырт елде ислеў тәжрийбесине ийе.

Дипломат 2017-жылдан берли Өзбекстанның Берлиндеги елшиханасында мәсләҳәтши лаўазымында ислеп киятырған еди.

Алишер Қаюмов Өзбекстанның Сингапурдағы (2018–2024) ҳәм Австралиядағы (2022–2024) еки жумысты қатар ислеў тийкарындағы елшиси (резиденциясы Сингапурда) болып ислеген Қаҳрамон Шокировтың орнына тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги