Статистикалық мағлыўматларға қарағанда 2023-жылдың январь-декабрь айларында дәслепки ислеп шығарылған аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлери (хызмет)ниң улыўма көлеми 16 548,3 млрд. сумды ямаса алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,1 процентти қураған. Соннан, дийқаншылық ҳәм шарўашылық, аңшылық ҳәм усы тараўларда көрсетилген хызметлердиң көлеми 15 605,1 млрд. сумды (104,1%), тоғай хожалықларында 681,3 млрд. сумды (103,0%), балықшылық хожалықларында 261,9 млрд. сумды (106,9%) қураған.

Өзбекстан Республикасы бойынша аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығында Қарақалпақстан Республикасының үлеси  3,9 процент болды.

  • Өткен жылдың январь-декабрь айларында жетистирилген дийқаншылық өнимлериниң көлеми 7148,4 млрд. сумды ямаса 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,4 процентти, ал ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде дийқаншылық өнимлериниң үлеси 46,6 процентти қурады,-дейди Статистика басқармасы аўыл хожалығы ҳәм экология-статистикасы бөлиминиң баслығы Нурислам Мадреймов.

Өткен жылдың январь-декабрь айларында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен 333,4 тонна овощь жетистирилди.

Өткен жылдың январь-декабрь айларында шарўашылық өнимлериниң өндирислик көлеми 8200,8 млрд. сумды ямаса 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 102,7 процентти қурады. Ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде шарўашылық өнимлериниң үлеси 53,4 процентти қурады.

2023-жылдың 1-январь жағдайына қарамаллардың улыўма бас саны 1 млн. 232,1 мың, соннан сыйырлардың улыўма бас саны 356,3 мың, қой ҳәм ешкилердиң улыўма саны 1 млн. 240,8 мың басқа жетти. Қуслардың улыўма саны 5 млн. 271,2 мыңға жетти.

2023-жылдың январь-декабрь айларында барлық турдеги хожалықлар тәрепинен тири салмақта 123,8 мың тонна гөш (2,4 % ке көп), соның менен бирге, 448,2 мың тонна сүт  өними (3,2 % ке көп), 398,2 млн. дана мәйек (2,9 % ке көп), 93,9 мың дана қаракөл териси жетистирилди ҳәм 11 597,2 тонна балық (101,9 % ке көп) аўланды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги