Киши бизнес субъектлериниң мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына қосып атырған үлеси, ислеп шығарып атырған өнимлери, көрсетилип атырған хызметлериниң барлығы статистикалық есабатлар арқалы көрсетиледи. Статистика-бул мәлим бир сорамда исленип атырған экономикалық-социаллық раўажланыўдың көринислери, реформалардың орынланыўын бақлап, талқылап, пухталап ҳәм бул ҳаққында мағлыўматларды таярлап барыўшы тараў болып табылады.

Республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы усы жылдың январь айында 706 млрд. 802,3 млн. сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 107,2 процентти қурады. Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (20,8%), Төрткүл (11,2%), Әмиўдәрья (8,4%), Хожели (8,4%) ҳәм Қоңырат (7,6%) районлары усақлап сатыў товар айланысының өсиўине унамлы тәсирин көрсетти. Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 355,3 мың сум болып, 105,8 процентти қурады. Орташа жан басына товар айланысының ең жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.

Усы жыл январь айы жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниң товар айланысы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 111,4 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниң үлеси 96,3 процентти қурады. Киши исбилерменлик субъектлериниң усақлап сатыў  тараўындағы улеси салмақлы болды.

 

Полатбек Боранбаев,

Статистика басқармасының сыртқы экономиклық байланыс

 ҳәм саўда  статистикасы бөлими баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги