Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў, инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.
Әмелге асырылып атырған илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жедел рауажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте.
Инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, керекли шараятлардың жаратылғаны нәтийжесинде 2023-жылдыӊ январь-декабрь айларының жуўмағы менен республикамыздыӊ тийкарғы капиталын көбейтиўге 11 945,2 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан, сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 7 317,3 млрд. сумды ямаса 623,4 млн. АҚШ долларын қурады.
– Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 2 118,7 млрд. сумы қайта ислеў санаатына, 734,5 млрд. сумы аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына, 1 935,2 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаў, 357,2 млрд. сумы курылыс хызмет түрине, 3 430,8 млрд. сумы таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге, 111,8 млрд. сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға, 199,5 млрд. сумы билимлендириў хызмет түрлерине жумсалған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы Саламат Мухаматдинов.
Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеминиӊ 9 153,1 млрд. сумы, яғный 76,6 проценти өндирислик тармаққа, 2 792,1 млрд. сумы, яғный 23,4 проценти өндирислик емес тараўларға бағдарланды.
Өндирислик емес тараўларға киргизилген инвестициялардан 1 145,9 млрд. сумы, яғный 41,0 проценти турақ жай қурылысына өзлестирилген. 2023-жылдыӊ январь-декабрь айларында улыўма майданы 839,6 мыӊ кв.м болған 4571 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 484,4 мың кв.м болған 2646 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.
Улыўма билим бериў мектеплерин ҳәм мектепке шекемги билимлендириў объектлерин қурыў, жаӊадан реконструкциялаў жумысларына 110,5 млрд. сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.
Мәмлекетимизде халыктыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндиристи техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы жедел инвестициялық сиясатты алып барыў бойынша илажлар нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги