700 АҚШ долларына айдаўшылық гүўалығы
135

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Төрткүл районлық бөлими ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илажда айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, пуқара Х.Б. пуқара Н.Х.ға Беруний районы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлиминде ислеўши таныслары арқалы айдаўшылық гүўалығын алып бериўди ўәде етеди. Буныӊ ушын 700 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги