Терроризм ҳәм экстремизмниӊ аянышлы ақыбети

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында терроризм ҳәм экстремизм менен байланыслы қәўип-қәтерлердиӊ алдын алыўға бағышланған үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ хызметкерлери шығып сөйлеп, жасларға бул иллетлердиӊ аянышлы ақыбетлери, оған қарсы гүресиў бойынша мәмлекетимизде алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.
Халық аралық терроризмге қарсы гүресиў бойынша бир неше мәмлекетлер менен бирге ислесиў жолға қойылған болып, бул өзиниӊ унамлы нәтийжесин бермекте. Президентимиздиӊ басламасы менен тастыйықланған “Өзбекстан-2030” стратегиясында да Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Өткерилип атырған усындай үгит-нәсият жумысларына қарамастан айырым жасларымыз рәсмий емес сайтларға ҳәм каналларға кирип, бузғыншылық ҳәрекетлерге, пуқараларды жолдан адастырыўшы түрли ағымлардыӊ тәсирине түсип қалмақта. Деген менен бундай адамлар әлбетте нызам алдында жуўап береди. Жасларға мәмлекетимизде кириў қадаған етилген сайтлар менен каналлар туўралы мағлыўмат берилди.


Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап плды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги