Халықлар дослығы фестивалы

Улыўма халықлық Наўрыз байрамы алдынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Өзбекстан – улыўма үйимиз” сүрени астында фестивал болып өтти.
Илажға университет профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, республикамызда ҳәрекет етип турған миллий мәдений орайлардыӊ ўәкиллери қатнасты.
Мийманлар дәслеп студентлер тәрепинен таярланған миллий кийимлерди, өнертменшилик үлгилерин, сүўретлер көргизбесин, түрли миллет ўәкиллериниӊ үрп-әдетлери менен спорт ойынларын тамаша етти. Сондай-ақ, халықлар дослығыныӊ нышаны сыпатында оқыў орныныӊ әтирапына жақсы нийетлер менен терек нәллери егилди.
Илажды университет ректоры, академик А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Нуразизов жыйналғанларды улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады.


Сөзге шыққанлардыӊ атап өткениндей, мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Олардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, соныӊ ишинде, миллий үрп-әдет, салт-дәстүрлерин раўажландырыў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылған. Миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, социаллық-руўхый орталықты тәмийинлеў, халықты разы етиў бағдарында бүгинги күни алып барылып атырған реформалар өзиниӊ унамлы нәтийжесин бермекте. Бул өз гезегинде мәмлекетимиздиӊ ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизбекте.





Студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасында Ўатан, халықлар дослығы, туўылған жерди улығлаўшы қосық ҳәм аяқ ойынлар жаӊлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги