Жер алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды
333

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Ишки ислер министрлиги тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жер алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.
Атап айтқанда, пуқара Х.А. пуқара Б.Т.ға Нөкис қаласы Ботаника бағы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4 сотих жер майданын басқа бир пуқара Ш.Д.ға ажыратылғаны туўралы жасалма ҳүжжетти көрсетеди. Бул жер майданын пуқара Б.Т.ға 160 миллион сўмға сатып атырған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги