Сайхунабад районында исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаўға 60 миллиард сум қаржы ажыратылатуғын болды. Жуўапкерлерге исбилерменлердиӊ инфраструктура менен байланыслы мәселелерин шешиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Сайхунабад аймағынан өткен А-373 овтомобиль жолынан ҳәр күни 20 мыӊнан аслам автомобиль өтеди.

Бул имканиятты иске қосыў ушын Ўрикзар, Гүлистан, Нурли йул, Бахмалсай, Фаровон мәҳәллелериндеги 9 гектар майданда 40 хызмет көрсетиў объекти, 1 мийманхана ҳәм 1 логистика орайы иске қосылады.

ӨзА