“Универсал келиншеклер” таңлаўы өткерилди

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында ҳәм усы филиал жанындағы Нөкис ветеринария медицинасы техникумы оқытыўшылары менен муғаллимлери арасында “Универсал келиншеклер” таңлаўы өткерилди
Ҳаял-қызларда епшиллик, зийреклик ҳәм шаққанлық пазыйлетлерин қәлиплестириў, ҳәр тәреплеме универсал ҳәм заманагөй болыўға үйретиў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўда 6 қатнасыўшы 4 шәрт бойынша өзлериниң шеберлигин көрсетти.

Төрешилер қурамының шешими менен биринши орынды “Зооинженерия” кафедрасының ассистент-оқытыўшысы У.Жолдасова, екинши орынды Нөкис ветеринария медицинасы техникумының арнаўлы пән оқытыўшысы Х.Сатбаева ҳәм үшинши орынды филиал Мәлимлеме –ресурс орайының китапханашысы Г.Арзымбетова ийеледи.
–Бундай таңлаўларды өткерип турыў айрықша әҳмийетке ийе, –дейди филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Г.Қазақбаева.–Бул келешекте олардың еле де нәтийжели жумыс алып барыўлары ушын мотивация болады, деген үмиттемиз.
Таңлаў қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги