Интеллектуаллық мүлк тараўындағы бирге ислесиў

247

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Акбар Тошқулов ҳәм Евроазия патент шөлкеминиң президенти Григорий Ивлиев арасында ушырасыў болып өтти.

Евроазия патент шөлкеми Евроазия регионында жайласқан бир қатар мәмлекетлердиң патент системасының ислеўи, ойлап табыўлар ҳәм санаат үлгилерин ҳуқықый қорғаўға алыўға байланыслы ҳәкимшилик ўазыйпаларды орынлаў ушын шөлкемлестирилген халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкем есапланады.

Ушырасыўда интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаўға алыў ҳәм оларды коммерцияластырыў – экономиканы раўажландырыўдағы тийкарғы мәселелерден бири екени, глобалласыў дәўиринде миллий интеллектуаллық мүлк системасын турақлы түрде жетилистирип барыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.







Г.Ивлиев, өз гезегинде, Евроазия аймағындағы мәмлекетлердиң бул шөлкемге ағза болыўы усы мәмлекетлер арасында интеллектуаллық мүлк тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди күшейтиўге ҳәм ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ушын тийкар жарататуғынын атап өтти.

Соның менен бирге, интеллектуаллық мүлк тараўында юридикалық кадрларды таярлаўда бирге ислесиўге таяр екенин, соның ишинде, интеллектуаллық мүлк тараўындағы қәнигелердиң маманлық арттырыў курсларында, стажировкалар ҳәм усы тараўдағы ҳәр қандай тәлим бағдарындағы излениўлерди қаржылай қоллап-қуўатлаўдан мәпдар екенин билдирди.

Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы