Президент Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 14-март күни Сырдәрья ўәлаятына жол алды.
Сапар тийкарында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Нуриддин Холиқназаров пенен қызғын сәўбетлести. Сөйлесиўде диний-ағаратыўшылық бағдарындағы жумыслар, мүбәрек Рамазан айының пазыйлетлери ҳаққында сөз болды.
Бизге белгили, 11-март күни ислам үммети қатарында елимиздиң мусылманлары да усы қутлы айды қуўаныш пенен күтип алды. Ораза тутыўшылар мәмлекетимиздеги тынышлық ҳәм абаданлық шарапатынан ибадатларын емин-еркин орынламақта, буның ушын Алла таалаға шексиз шүкиршилик айтпақта. Мешитлерде Қуран оқылып, халқымызға парахатшылық, қут-берекет тилеп, дуўалар оқылмақта.
Муфтий бул уллы байрамда сабыр-қанаат, қайыр-сақаўат пазыйлетлери зыяда болыўын, ўатанласларымыз оны сезинип, саўаплы әмеллерин көп ислеп атырғанын айтты.
Президентимиз бул айды жоқары дәрежеде өткериў, елимиздеги тынышлықты қәдирлеў ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў бойынша өз пикирлерин билдирди. Инсан қәдирин улығлаў мақсетине муўапық, халқымыздың мәплерин тәмийинлеў, мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў даўам еттирилетуғынын атап өтти.
Исбилерменликти раўажландырыў, қыйтақ жер ҳәм турақ жай хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы аўыл халқының турмысын арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Жасларды билимли-мәрипатлы ҳәм ўатанды сүйгиш етип тәрбиялаў, оларды оқыўға, мийнетсүйгишликке үйретиўдиң әҳмийети ҳаққында пикир алысылды.
ӨзА