Улыстың уллы күни – амал мерекеси белгиленди

Улыстың уллы күни, жаңа жыл, жаңа күнниң басланыўы сыпатында белгиленетүғын амал мерекеси – көрисиў күни туўысқан қазақ халқының ата-бабалардан мийрас болып киятырған қәдириятларының бири болып есапланады.
Аўызбиршилик ҳәм татыўлық тымсалы болған бул байрам көп миллетли Қарақалпақстан Республикасында да кең түрде белгилениўи дәстүрге айланған.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы қазақ миллий мәдений орайы тәрепинен туўысқан қазақ халқының миллий байрамларының бири болған амал мерекеси ҳәм көрисиў күнине арналған «Хош келдиң – Наўрыз!» атамасындағы әдебий-композициялық байрам кешеси шөлкемлестирилди.


Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров шығып сөйлеп, ояныў әййямы, Наўрыз жаршысы болған амал мерекеси менен қызғын қутлықлап, бул байрамның миллетлер аралық татыўлықты беккемлеўдеги әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Көп миллетли мәмлекетимизде халықлар арасындағы дослықты беккемлеў, ата-бабалардан мийрас болып киятырған қәдириятларды келешек әўладларға жеткериў жолында пидайы хызмет етип атырған бир топар белсендилерге Министрлер Кеңеси атынан ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан – көп миллетли татыў ел. Ҳәзирги ўақытта елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери өз-ара дослықта, аўызбиршиликте өмир сүрмекте.
Елимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери Наўрыз байрамы қарсаңында өз миллийлиги, ата-бабаларынан мийрас болып киятырған үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, миллий кийим-кеншеклери, соның менен бирге, миллий тағамларын көрсетип, байрам тамашаларын шөлкемлестирип келмекте.
– Амал мерекеси ямаса көрисиў – туўған-туўысқанлардың татыўлығы, халықлардың аўызбиршилигиниң көриниси. Өйткени, бул дәстүр ағайинлер арасындағы татыўлықты беккемлеп, табыстырады. Адамлар бир-бирине жақсылық тилеп, алғыслар айтылады,–дейди институттың қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, доцент Ырысты Қуттымуратова.
Илаж шеңберинде қазақ халқының әўладтан-әўладқа өтип киятырған қол өнери үлгилери, миллий тағамлары, миллий кийимлери көргизбеси шөлкемлестирилип, талантлы студентлердиң атқарыўындағы қосық-жырлар, миллий аяқ-ойынлар, ақынлар айтысы сыяқлы сахналық көринислерди өзинде жәмлеген әдебий-композициялық байрам кешеси өткерилди.






Қарақалпақстан хабар агентлиги