Наўрыз келсе балалықты еслеймен

261

Наўрыз түркий халықлардың миллий байрамы болып, бул байрам бәҳәр мәўсиминде жасарыў, жаңаланыў ҳәм миллий үрп-әдет дәстүлеримизди қәдирлеў байрамы болып есапланады. Наўрыздың келиўи дийқанларымыздың егин егиўге тайын екенлигин билдирип,  қуяш Ана жер көксин жибитип, майсалар шығып, үлкемизге қарлығашлар ушып келип, өпепеклер масайрап мәўсимниң кирип келгенлигин билдиреди.

Өзим Кегейли районындағы  «Ақтуба» АПЖ да  туўылып өскенликтен балалығымда аўылда Наўрыз байрамының көтериңки руўхта өткерилгенлигин, анамның наўрыз гөже писиргенлерин шийрин қыяллар менен еслеймен. Наўрыз байрамы жақынласа баслағанында анам бәримизге тапсырма берип, биримиз келиге гүнжи менен жийдени түйип ийжан таярлаўға жәрдем берсек, биримиз сөкти дигирманға тартып сөк тақан ислейтуғын едик. Анам бул ислеримизде өзи бас-қас болып, миллий тағамлардың қалай писирилетуғынын үйретер еди. Үлкен қыз апаларым болса жүўерини дигирманнан тартып, зағара писириўге таярлап, қамыр қарып, тандырға зағара жабыўдың әнжамына кириседи. Әкем Наўрызбай Бекмурат улы анам Тойдық Бекбай  қызынан туўылып өскен биз төрт ул, үш қыз бәршемиз шаңарағымызда дастурхан әтирапына жәмленип, Наўрызды үлкен байрам сыпатында белгилер едик. Анам соңғы жыллары сүмелек писириў әдисин де үйретип, бәршемизди шебер аспаз болыўға тәрбиялады. Сыртқы қазан ошаққа сүмелекти таң атқанша былғап, писирген күнлеримизди бүгин шийрин қыяллар менен еслеймен.

Бүгин бәршемиз сол теберик уямыздан қанат қомлап ушып, турмыста өз орынларымызды таўып кеттик. Ата-анамның да о дүньялық болып кеткенине бираз жыллар болды. Ҳәр қашан бәҳәр мәўсиминде аўылға қыдырып барсам анамның ошақ әтирапында айланып, наўрыз гөже писирип, сүмелек былғап жүргенлерин еслеймен. Оның шийрин сөзлерин сағынаман. «Орнында бар оңалар», дегениндей үлкен үйде қалған иним менен келин ата-анамның изин даўам еттирип, ҳәр қашан төркинге қыдырып барсақ күлимлеп күтип алады. Келинниң ҳәр жылы наўрызда сүмелек қайнатып атырғанлығын көрип анамды еслеп сүйсинип қарайман.

Бүгин усы үйренгенлерим турмыс жолларымда өз пайдасын тийдирип, шаңарағымда анам писирген сүмелекти ҳәр Наўрыз байрамында қайнатыўды әдиске айландырғанман. Буны перзентлериме де үйретиўди алдыма мақсет етип қойдым.

Өзим ислеп атырған Кегейли районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳәр жылы Наўрыз байрамы көтериңки руўхта өткериледи. Быйыл да бул байрамды жақсы өткериў ушын таярлықларды баслап жибергенбиз.




Мектебимизде жас үлкен кәсиплес устазларымыздан билмегенимизди үйренсек, жас кишилерге анамнан үйренген миллий тағамлардың таярланыў жолларын үйретемен. Наўрыз мектебимизге әлле қашан кирип келди. 5-санлы мектеп деген жазыўға бийдай өндирип, байрам кейпиятын бағышлап турған гөззал көринис бәршениң итибарын тартпай қалмайды. Бул байрам кейпияты халқымызда Наўрыз тамашалары, бәҳәр гөззаллығы менен даўам етери сөзсиз.

Хош келдиң Наўрыз гөззал үлкеме.

Гаўҳар Бекмуратова,
Кегейли районы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби инглис тили пәни муғаллими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги