Наўрыз тамашалары басланды

Нөкис қаласындағы “Жас әўлад” мәкан пуқаралар жыйынында Наўрыз тамашалары болып өтти.
Онда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы С.Турманов ҳәм басқалар жыйналғанларды улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде байрамлар көп, бирақ, соныӊ ишинде Наўрыз айрықша орын ийелейди. Неше әсирлик тарийхқа ийе бул байрам шығыс жаӊа жылыныӊ басланыўы, жаӊаланыў ҳәм жасарыў әййямы миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди өзинде жәмлегени менен де биз ушын әҳмийетли болып табылады.
Президентимиздиӊ усы жыл 4-марттағы “2024-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарары тийкарында орынларда “Дүнья нурға толсын сениӊ менен, Наўрыз!” деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллер үлкен көтериӊкилик пенен белгиленбекте.


Мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ қыз-келиншеклери миллий тағамымыз сүмелек қайнатып атырған болса, екинши тәрепте жигитлер арқан тартысыў, гүрес, турниккте тартылыў жарысларына қатнасты.
Байрам илажын шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен шаӊарақ ийелерине Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги