Дәрилерди нызамсыз алып өтиўдиӊ жаӊаша усылы

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт ата” шегара бажыхана постына пияда кирип киятырған бир топар жолаўшылар тәрепинен көп орамда дәри-дәрмақлардыӊ алып кирилиўи бажыханашылардыӊ итибарынан шетте қалмады.
Бир қуты дәриге белгиленген муғдардан 3 есе көп дәри конвалюталарыныӊ жайластырылыўы ҳәм басқа бир жолаўшыда усы атамадағы бос дәри қутыларыныӊ алып өтилиўи бажыхана хызметкерлеринде орынлы гүман пайда етти. Сақлаў ҳәм тасыў қағыйдаларына әмел етилмеген, сапасына кепиллик бериўши ҳүжжетлери болмаған 8 мыӊ 752 дана дәри-дәрмақтыӊ барлығы бажыхана тексериўинен өткериў ўақтында олар бир жолаўшыға тийисли екенлиги мәлим болды. Бул дәри-дәрмақлардыӊ баҳасы дәслепки сорастырыўға қарағанда 18,6 миллион сумды қурайды.

“Даўыт-ата” шегара бажыхана постында анықланған гезектеги жағдайда болса “Lada Largus” маркалы автотранспорт қуралында қоӊсылас мәмлекет арқалы республикамызға кирип келген пуқара сапасына кепиллик бериўши ҳүжжетлери болмаған баҳасы 48,3 миллион сумды қураўшы 1 мыӊ 506 дана 4 түрдеги дәри-дәрмақты алып кирмекши болғанлығы анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиӊ хызметкерлери тәрепинен Ишки ислер министрлиги Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасыныӊ хызметкерлери менен биргеликте дәри-дәмақлардыӊ жаӊаша усылында алып кирилиўиниӊ алды алынды. “Волгоград-Хожанд” бағдарындағы транзит тәризде ҳәрекетленип киятырған жолаўшы поезды шегарада бажыхана тексериўинен өткерилгенде, қаптағы дәри-дәрмақларды Тәжикстан Республикасына алып баратырғанлығы көрсетилген. Бирақ поезд республикамызға кирип келгеннен кейин көп ўақыт өтпестен Төрткүл районы “Мискин” темир жол станциясында тап сол қаптағы дәри-дәрмақлар бажыхана рәсмийлестирилиўинен өткерилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетке ийе болмаған, сапасы кепилленбеген 1 мыӊ 118 дана дәри-дәрмақ түсирип қалдырылады ҳәм алдын ала келисилген мәмлекетимиз пуқарасы қабыл етип алған пайытында оператив хызметкерлер тәрепинен усланды.
Бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги